Ибрайым Юсупов "ШӨГИРМЕ" (Халық шайыры Аббаз Дабыловқа) Январь, 1959-жыл - Sho'girme qosig'i

Ибрайым Юсупов ШӨГИРМЕ (Халық шайыры Аббаз Дабыловқа) Турмысымыз таза болған соң енди, Кийимлер де көшкен жаңаша түрге... Айтсам сен туўралы еситкенимди, Бабалардың бас кийими шөгирме. Бир атың телпекдур, бир атың қураш, Заманында кийим болғаның ырас. Түрли баслар менен сен болып сырлас, Талай асыўларды астың шөгирме. Әўел пайда болдың кимниң басында, Арал теңиз, Днепр - Жайық қасында? Он әсирлик рус жылнамасында Қуўандым атыңды оқып шөгирме. Бабам пана излеп Россиядан, Петербургқа жол тартқанда қыядан, Ҳүрмет көрип Мәскеў, Макариядан, Көп жерлерди аралаған шөгирме. Ҳәмел ушын Айдос арын сатқанда, Бегис, Мыржық қаны саған қатқан ба? Ерназарды жаў арқадан атқанда Сен қанға боялып жаттың шөгирме. Әреби, шийразы байларда болды, Сени кийип олар тойларда болды. Мурны аспанда, кеўли айларда болды, Дәўири шым - шытырық болған шөгирме. Күниң бар ма жазда күйе түспеген? Өрде турсаң ығыңнан жел еспеген. Өттиң талай телпек дирилдеспеден, Басыңа көп ғаўға түскен шөгирме. Алдыңнан қарасам артың аўықтай, Қапталдан қарасам түриң ғаўықтай, Қыста сәўирлеген түйетаўықтай Самал қақса ҳәңкийесең шөгирме. Қара үйге кирсе ким сени кийип, Келдиң ергенекке сен зорға сыйып. Пүтин тери зая болмасын дийип, Бабам байғус үйе салған шөгирме... Еркин қанат қақты азатлық қусы, Кетти өмиримиздиң қәҳәрли қысы, Ҳәр заманның өз кийим, өз модасы, «Жаңа турмыс өссин» дедиң шѳгирме. Гедейлик қысмети көп түсип басқа, Қолым тиймеди деп ҳеш қолаң шашқа, Телпек киймедим деп бир шалқып жаста, Аббаз шайыр әрман еткен шөгирме. И. Юсупов. Январь, 1959-жыл

Қара көйлек ишинде қосығы тарийхын Улмамбет Хожаназаров айтып берген.  Еситиўге еринбең!
▶︎

Қара көйлек ишинде қосығы тарийхын Улмамбет Хожаназаров айтып берген. Еситиўге еринбең!

ЖОЛЛЫДАН СӘЛЕМ - ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ СӨЗИ | JOLLIDAN SÁLEM - IBRAYIM YUSUPOV
▶︎

ЖОЛЛЫДАН СӘЛЕМ - ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ СӨЗИ | JOLLIDAN SÁLEM - IBRAYIM YUSUPOV

Бердак Гаргабай улы. Салык. Каракалпакша косыклар, Qaraqalpaqsha qosiqlar.
▶︎

Бердак Гаргабай улы. Салык. Каракалпакша косыклар, Qaraqalpaqsha qosiqlar.

Әттеген-әй | Бахадыр Отежанов
▶︎

Әттеген-әй | Бахадыр Отежанов

QARAQALPAǴIM 🌄 | Tuwǵan jer haqqında qosıq @Sonaravibemusics
▶︎

QARAQALPAǴIM 🌄 | Tuwǵan jer haqqında qosıq @Sonaravibemusics

"Бабам-аў"ды ким жазған. Ибрайым Юсуповтың "қызы" менен интервью
▶︎

"Бабам-аў"ды ким жазған. Ибрайым Юсуповтың "қызы" менен интервью

Беглигиңди бузба сен - Ибрайым Юсупов сөзи (1991-жыл, Ноябрь)
▶︎

Беглигиңди бузба сен - Ибрайым Юсупов сөзи (1991-жыл, Ноябрь)

Бүгин уллы тулға Ибрайым Юсуповтың туўылған күни
▶︎

Бүгин уллы тулға Ибрайым Юсуповтың туўылған күни

Минайхан Жуманазарова - Қәстерлеп , сақлаңлар бир-бириңизди
▶︎

Минайхан Жуманазарова - Қәстерлеп , сақлаңлар бир-бириңизди

🎵”ТҮЙЕ ЕКЕНСЕҢ” - КУНХОЖА ИБРАЙЫМ УЛЫ(1799-1880ж.)
▶︎

🎵”ТҮЙЕ ЕКЕНСЕҢ” - КУНХОЖА ИБРАЙЫМ УЛЫ(1799-1880ж.)

Болған емес 1-бөлим. Бердақ Ғарғабай Улы. Каракалпакша косыклар, Qaraqalpaqsha qosiqlar.
▶︎

Болған емес 1-бөлим. Бердақ Ғарғабай Улы. Каракалпакша косыклар, Qaraqalpaqsha qosiqlar.

"КАРАКАЛПАКТЫ КОП МАКТАМА КОЗИНШЕ" ИБРАЙЫМ АГА ЮСУПОВ АРХИВ КОСЫКЛАРЫ.
▶︎

"КАРАКАЛПАКТЫ КОП МАКТАМА КОЗИНШЕ" ИБРАЙЫМ АГА ЮСУПОВ АРХИВ КОСЫКЛАРЫ.

Salamat Ayapov – “Sho’girme”, “Qaytarip ber menin’ A’miwda’riyamdi”, “Qobizim” termeler
▶︎

Salamat Ayapov – “Sho’girme”, “Qaytarip ber menin’ A’miwda’riyamdi”, “Qobizim” termeler

Oyjamol Yusupova xotiralari (Ibroyim Yusupovning qizi). Ibroyi Yusupov tavalludiga bag'ishlanadi!
▶︎

Oyjamol Yusupova xotiralari (Ibroyim Yusupovning qizi). Ibroyi Yusupov tavalludiga bag'ishlanadi!

Tuwılğan jer
▶︎

Tuwılğan jer

Баха гитаристиң айтқанынан үлги алынды. Қайта. Исленди. Жасалма. Ии
▶︎

Баха гитаристиң айтқанынан үлги алынды. Қайта. Исленди. Жасалма. Ии

Шыраз Нуратдинов на передаче Привет, Андрей! Телеканал Россия 1
▶︎

Шыраз Нуратдинов на передаче Привет, Андрей! Телеканал Россия 1

“ТЫРНАЛАР” - ✍🏻И.ЮСУПОВ СӨЗИ|🎵ШАМУРАТ ТӨЛЕГЕНОВ|🎙️С.КАМАЛОВ| ЖАСАЛМА ИНТЕЛЛЕКТЕ ИСЛЕНГЕН
▶︎

“ТЫРНАЛАР” - ✍🏻И.ЮСУПОВ СӨЗИ|🎵ШАМУРАТ ТӨЛЕГЕНОВ|🎙️С.КАМАЛОВ| ЖАСАЛМА ИНТЕЛЛЕКТЕ ИСЛЕНГЕН

ТашГУ - Ибрайым Юсупов қосығы_Ibrayim Yusupov qosığı - TashGU_Qqbyai
▶︎

ТашГУ - Ибрайым Юсупов қосығы_Ibrayim Yusupov qosığı - TashGU_Qqbyai